Ташкентте 12-февраль күни Корея Республикасы Бас министриниң орынбасары, стратегия ҳәм қаржы министри Ким Донг Ён басшылығындағы делегация ағзалары менен бизнес-сөйлесиў болып өтти.
Онда Қубла Кореяның Сыртқы ислер, санаат ҳәм энергетика министрликлери, исбилермен топарларының 60 тан аслам ўәкиллери, Өзбекстаннан сыртқы саўда, инвестиция, энергетика, автомобильқурылыс, қурылыс, химия, жеңил санаат, медицина, билимлендириў, транспорт ҳәм транспорт коммуникациялары, мәлимлеме технологиялары ҳәм туристлик тараўлар ушын жуўапкер министрликлер ҳәм ведмостволар, компаниялар ҳәм концернлердиң басшылары қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Холмурадов, Корея Республикасы Бас министриниң орынбасары, стратегия ҳәм қаржы министри Ким Донг Ён ҳәм басқалар Өзбекстан-Қубла Корея бирге ислесиўи саўда-экономикалық, инвестициялық тараўларда барған сайын раўажланып атырғанын атап өтти.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл ноябрь айында Қубла Кореяға мәмлекетлик сапарынан соң бул қатнасықлар жаңа сапа басқышына көтерилди. Корея Республикасы делегациясының бул сапарынан гөзленген мақсет еки ел басшыларының ушырасыўы ўақтында ерисилген келисимлерди жүзеге шығарыў ҳәм Кореяның ири инвестициялық компаниялары менен бирге ислесиўди кеңейтиўден ибарат.
Қубла Корея компаниялары Өзбекстан экономикасын раўажландырыўда белсене қатнаспақта. Соңғы жылларда бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар ашылды, энергетика, нефть-газ, билимлендириў, мәлимлеме технологиялары, машинақурылысы, химия санааты ҳәм басқа да тараўларда бир қатар қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта.
Форумда Өзбекстанның инвестициялық жойбарлары ҳаққында видеоролик көрсетилди. Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитеттиң баслығы А.Аҳмадхўжаев елимизди экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары ҳәм инвестиция орталығын жақсылаў бойынша илажлар жойбары усынысын өткерди.
Сөйлесиў ўақтында тәреплер еллеримиз арасындағы өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў жолларын ҳәр тәреплеме додалады.
Қубла Кореяның жетекши корпорацияларының басшылары Өзбекстанда шет ел инвесторлары ушын жаратылған жеңилликлер үлкен қызығыўшылық оятып атырғанын, елимиз бенен байланысларды кеңейтиўден ҳәр тәреплеме мәпдар екенин атап өтти.
Қубла Корея делегациясы, сондай-ақ, Ташкенттеги Инҳа университетине барды. Бул жерде Корея Республикасы Бас министриниң орынбасары, стратегия ҳәм қаржы министри Ким Донг Ён халықларымыз арасындағы дослық қатнасықлардың тарийхы, мәлимлеме технологиялары тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында баянат жасады.
М.ЭЛМУРАДОВ
ӨзАның хабаршысы