Елимизге сапар етип келген Уллы Британия Вестминстер демократия фондының бағдарламалар директоры Д.Ошонесси және Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша үлкен менеджери К.Левик басшылығындағы делегация ағзалары 12-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары С.Отамурадов пенен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан менен Уллы Британия арасындағы өз-ара байланыслар көплеген бағдарларда раўажланып атырғаны атап өтилди. Еки тәреплеме қатнасықлардың ҳуқықый тийкарын беккемлеўде парламентлераралық бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Ушырасыўда мийманларға Өзбекстанның еки палаталы парламенти, Олий Мажлис жанында шөлкемлестирилген Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институтының жумысы, Нызамшылық палатасының дүзилиси, сиясий партиялар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Уллы Британия делегациясы ағзалары елимизди раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық алып барылып атырған кең көлемли реформаларға жоқары баҳа берди.

Сөйлесиўлерде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты менен илимий-талқылаў тараўындағы байланысларды беккемлеўге тийисли мәселелер бойынша пикир алысылды.

Вестминстер демократия фонды делегациясы ағзалары, сондай-ақ, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы миллий орайында да сөйлесиў өткерди.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы