Бүгин түнде Англияныӊ Ливерпуль қаласында футбол бойынша Европа чемпионлар лигасыныӊ екинши ярым финал ойыны болып өтти.

Онда Юрген Клопп басқарыўындағы «Ливерпуль» клубы футболшылары  тәжирийбели тренер Унаи Эмери шәкиртлери болған Испанияныӊ «Вильярреал»  командасын өз стадионында қабыл етти. Ушырасыўдыӊ 1-таймында командалар  ойындағы есапты аша алмады.

Ал, 2-таймда болса, «Ливерпуль» футболшыларыныӊ үстинлиги сезиле баслады ҳәм бул үстинликти олар голға айландырыўға еристи. Атап айтқанда,  53-минутта Жордан Хендерсон  тәрепинен тебилген топ испаниялылар қорғаўшысы Парвиз Эступиньянныӊ аяғына тийип, өз бағдарын өзгертти ҳәм топ «Вильярреал» дәрўазасынан орын алды.

Буннан соӊ арадан еки минут өткенде Муҳаммад Салоҳтиӊ топ узатыўынан соӊ Садио Мане ушырасыўдағы екинши голды урыўға еристи. Ушырасыўдыӊ қалған минутларында арадағы есап өзгермеди ҳәм Юрген Клопп шәкиртлери дәслепки ушырасыўда исенимли жеӊисди қолға киргизди.

Бул командалардыӊ жуўап ойыны 3-май күни Испанияда болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы