Өзбекистан Республикасы Бас прокуроры О.Мурадов Тәжикстан Республикасының Бас прокуроры Ю.Рахман басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасты.
Мийманларға Өзбекистан Респубикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тиккелей басшылығында әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық системасын реформалаў, жынаят нызамшылығын либералластырыў, ҳуқық қорғаў уйымларының жумысын жетилистириўге қаратылған илажлар ҳаққында айтып берилди.
Усы тараӯда алып барылып атырған комплексли илажлар шеңберинде 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы , «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳәм басқа да әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилгенлиги атап өтилди.
Ҳуқықый мәмлекетти қәлиплестириў, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты артыррыӯ, исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараятларды жаратыўда прокуратура уйымларының тутқан орны айрықша атап өтилди.
Анық механизмлерди енгизиў жолы менен терроризм ҳәм диний экстремизмге қарсы гүресиў ҳәм регионда қәўипсизликти және ҳуқық-қорғаўды тәмийинлеў нәтийжелилигин арттырыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, делегация ағзалары Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм Мәлимлеме-талқылаў мултимедиа орайы, сондай-ақ, Бас прокуратураның Мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў машқалаларын талқылаў басқармасы және де Нызамшылық ҳәм ҳуқық-қорғаўды тәмийинлеў машқалаларын талқылаў басқармасы жумысы менен танысты.
Тәжикстан Республикасының Бас прокуроры Ю.Рахман шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, ушырасыў өз-ара ҳуқықый қатнасықлардың буннан былай да раўажланыўы ҳәм беккемлениўинде айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди
Ушырасыўда пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўды тәмийинлеў, жынаятшыллыққа қарсы гүресиў ҳәм шегара аймағындағы прокуратуралардың өз-ара бирге ислесиўи мәселелеринде ҳуқықый жәрдем ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимге қол қойылды.
Келисимди әмелге асырыў бойынша анық илажлар ҳаққында келисимлер белгиленди.
УзА