Өткен шемби ҳәм екшемби күнлери футбол бойынша Өзбекстан Профессионал Лигасыныӊ 1-тур ойынлары болып өтти.
5-март күни болып өткен дәслепки ойынларда Сырдәрьяныӊ «Янгиер» командасы Бухараныӊ «Ғыждуўан» футболшыларын, «Шўртан» ҳәм «Туран» командалары өз-ара ушырасты.
Қызғын түрде өткен бул ойынлардыӊ жуўмағында «Янгиер» ҳәм «Туран» командалары қарсыласларын 2-1 есабында жеӊип шығып, өзлериниӊ дәслепки үш упайларын қолға киргизди.
Сондай-ақ, бул турда Нөкистиӊ «Арал самалы» командасы Үргеншке сапар етип жергиликли «Хорезм» клубы футболшылары менен ушырасты. Еӊ қызық тәрепи сонда, бул ойын жуўмағы да 2-1 есабы менен жуўмақланды.
Ушырасыўдағы голлар ойынныӊ 6-минутында «Хорезм»ли Шахзод Бешимов, 53-минутта нөкисли Миржалол Қасимов ҳәм 75-минутта майдан ийелери футболшысы Улуғбек Бекбосынов тәрепинен урылды.
Ал, «Замин»- «Андижан», «Бухара»-«Машъал» ойынларында есап теӊбе-теӊ жуўмақланып, командалар 1 упайдан өз-ара бөлисип алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы