Алдын хабар бергенимиздей, 2-3-март күнлери футбол бойынша Өзбекстан Суперлигасына старт берилди.

Онда Ферғана ўәлаятыныӊ еки клубы өз-ара күш сынасты. Оғада қызықлы болып өткен бул ойынныӊ 89-минутында «Нефтчи» футболшысы Шахзадбек Убайдуллаев пенальтиден «Қоқанд-1912» дәрўазасына анық гол жоллап, өз командасына дәслепки 3 упайды алып келди.

Екинши ойында болса, Суперлига дебютанты «Олимпик» Ташкентте «Сурхан» футболшыларын өз майданында қабыллады. Өз-ара теӊбе-теӊ гүреслер менен өткен ойын жуўмағында дәрўазаларға гол урылмады ҳәм командалар 1 упайдан бөлисип алды.

Биринши турдыӊ орайлық ойынында «Навбаҳор» футболшылары «Насаф» командасын өз майданында қабыл етти ҳәм бул ушырасыўда да есап ашылмады.

Ал, әмелдеги мәмлекет чемпионы «Пахтакор» Самарқандтыӊ «Динамо»  клубы менен ушырасып, 31-минутта Драган Черан ҳәм 34-минутта Ҳожимат Еркиновлардыӊ голлары себепли 0-2 есабында жеӊиске еристи.

Сондай-ақ, «Бунёдкор» клубы «Сўғдиёна» футболшылары менен ушырасып, бул ойын 0-0  есабы менен жуўмақланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы