Қылышласыў спорты Қарақалпақстанда кешлеў басланса да ертерек нәтийжелер бере баслады. Зайнаб Дайыбекова ҳәм Шерзад Мамутов Нөкистен Токиоға шекемги жолды мәрдана басып өтти. Олардыӊ изин баса жетилип киятырған жасларымыз да дүнья ареналарында өз шеберликлерин көрсетпекте.

Қылышласыў спорты тарийхына қысқаша экскурс-шолыў

Фехтование-тийкары немисше fechten-сөзинен алынған болып, қарақалпақша саўашта урысыў, гүресиў, алысыў деген мәнисти аӊлатады.

Россияда фехтование термини солайынша алынып киятырған болса, Қазақстанда семсерлеў, Өзбекстанда қиличбозлик деп аталып, бул спорт түри бойынша ҳәр қыйлы дәрежедеги жарыслар өткерилип келинбекте.

Қылышласыў спорты заманагөй Олимпиада ойынларына турақлы түрде қатнасып киятырған 5 спорт түриниӊ бири болып табылады.

Бул спорт түриниӊ қағыйдасы бойынша  өткир ушлы спорт қураллары-рапира, қылыш,  шпага (қанжар) менен жекпе-жекке майданға түсип, беллесетуғын жарыс болып есапланады. Спортшылар бунда арнаўлы нықап, қорғаныў үскенелери бар ақ кийим ҳәм қолқаплар кийеди. Қарсылас спортшы тәрепинен жолланған шаншыў(укол)ларды  есаплап барыў ушын рапира ҳәм сабля жарысында кийим, шпагада болса, қанжардыӊ өзи электрон системаға жалғанған. Рапираныӊ узынлығы 110 см, аўырлығы 500 грамм, қылыштыӊ(сабля) узынлығы 105 см, салмағы 500 грамм, шпага(қанжар)(110 см; 770 грамм) болып,  рапирада қурал металл кийимге, сабляда геўдениӊ белден жоқарысына, шпагада денениӊ барлық бөлимине шаншыўға болады.

Жарыслар ени 2 метр, узынлығы 14 метр кеӊисликте 3 минуттан, 3 бөлимде 5-15 шаншыўға шекем алып барылады. Ал, усы 3 бөлим аралығында болса, 1 минуттан спортшыларға тәнепис бериледи. Егер, белгиленген усы үш бөлимде де есап теӊбе-теӊ болып қалса, спортшылар арасында шек тасланып, қосымша белгиленген 1 минут ишинде биринши шанышқан спортшыға жеӊимпазлық бериледи.

Бул спорттыӊ тарийхына нәзер салатуғын болсақ, ол Әййемги Грецияда пайда болған болып, қылышласыў менен балалар 5-11 жастан баслап шуғылланған ҳәм бул олардыӊ күнделикли турмысына енгизилген. Ал, Әййемги Римде болса, жаӊадан келген легионер ҳәм гладиаторларға да қылышласыў сырлары үйретилген.  Бизиӊ заманымызға жетип Тауердиӊ  Фехтбух китабы 13-әсирге тийисли.

Ал, спорт сыпатында болса, 15-16-әсирлерде Испания ҳәм Италияда қәлиплесе баслаған. Атап айтқанда, италиялы А.Морацци Қылышласыў бойынша дәслепки оқыў қолланбасын жаратқан болса, 17-әсирде Францияда Қылышласыў қағыйдалары ислеп шығылды ҳәм ҳәр қыйлы жарыслар өткериле баслады. Рапира бойынша жарыслар 1896-жылғы Олимпиададан баслап өткерилип киятырған болса, сабля ҳәм шпага 1900-жылдан баслап Олимпиада ойынларына киргизилген.

1913-жылы Халықаралық Қылышласыў федерациясы дүзилип, оған ҳәзир 120 мәмлекет ағза болып есапланады. Соныӊ ишинде Өзбекстан Республикасы да 1992-жылдан ағза болып келмекте.

Қылышласыў бойынша 1937-жылдан баслап жәҳән чемпионаты өткерилип келинбекте ҳәм бул спорт түри Россия, Франция, Италия, Германия, Польша, АҚШ, Венгрия, Румыния, Қытай мәмлекетлеринде жақсы раўажланған.

Ал бизиӊ халқымыз болса өз перзентлерин жаўынгерлик спорт түрлерине әййемги заманлардан баслап-ақ тәрбиялап келген. Оған әсиресе уллы сәркарда Әмир Темир айрықша итибар қаратып, өз әскерлери арасында турақлы түрде шынығыў ҳәм беллесиўлер өткерип  турған.

Ал,  қарақалпақлар арасында Алпамыс, Қоблан, Едиге  сыяқлы батырларымызда өзлериниӊ алмас қылышлары менен жаўды жексен еткен. Сондай-ақ, ата-бабаларымыз шаӊарақта тек ул балаларын емес, ал, қызларын да епшиллик, шаққанлық, ержүреклик ҳәм батырлыққа тәрбиялап, олар урыс майданларында көплеген мәртликлер көрсеткен. Атап айтқанда, массагетлер патшайымы Тумарис, Зарина, Қырыққыз дәстанындағы Гүлайым, Сәрбиназ аналарымыздыӊ ислеген мәртликлерин халқымыз мақтаныш етип, олардыӊ мүнәсип әўладлары болыў ушын ҳәр қыйлы спорт жарысларында өзлерин көрсетип келмекте. Бул туўралы Өзбекстан қаҳарманы, халық  шайыры Ибрайым Юсупов:

Мәрт Тумарис массагеттиӊ,

Қырық қызыныӊ урпағыман,

Әўладыман печенегтиӊ,

Шөлдиӊ қарақалпағыман,-деп жазған еди.

 

Өзбекстан Республикасында заманагөй қылышласыў спорты 1910-жылы пайда болғаны менен, 1950-жылдан баслап Өзбекстан сайланды командасы СССР халықларыныӊ Спартакидасына қатнаса баслайды.

1961-жылы сабляшы Валерий Хархалут СССР сайланды командасы қурамына шақырылып, 3-мәрте Универсиада жарысларыныӊ гүмис медалы менен сыйлықланған болса, рапирашы Сабыр Рузиев 1974-1975-1981-жыллары жәҳән чемпионлығын жеӊип алды. Ал, 1980-жылы Москвада өткерилген Олимпиада ойынларында болса, гүмис медалды қолға киргизеди. Және бир рапирашы Виталий Логвин де 1982-жылы командалық есапта дүнья жүзи чемпионатында алтын медал менен сыйлықланады.

Жаӊа Өзбекстанныӊ- жаӊа спортшылары

Ғәрезсизлик жылларында болса, рапирашы Руслан Кудаев 2005-жылы жәҳән бириншилигинде күшли сегизликке кирген болса, Рафкат Рузиев ҳәм Анна Петрова 1996-жылы Олимпиада ойынларыныӊ қатнасыўшысы болып табылады.

Соӊғы жыллары  Өзбекстанда Қылышласыў спортына қаратылып атырған айрықша дыққат-итибардыӊ нәтийжесинде сайланды командамыз ағзалары жақсы нәтийжелерди қолға киргизип келмекте. Атап айтқанда, 2015-жылы кадетлер арасында өткерилген Азия чемпионатында   сабляшы Жалалатдин Душамбаев, Шерзад Мамутов, Пазыл Генжебаев ҳәм Бабур Расуловлар гүмис медалды қолға киргизген болса, Зайнаб Дайыбекова, Севинч Исмаилова, Шахноза Тағаймурадова ҳәм Севила Худайбергеновалар гүмис медал, жас өспиримлер арасында Файзулла ҳәм Санжар Алимовлар, Санжар Собиров, Малика Хакимовалар сыйлы орынларды қолға киргизиўге миясар болды.

Солар арасынан Шерзад Мамутов, Зайнаб Дайыбекова ҳәм Малика Махкамовлар 2021-жылы Токиода өткерилген Олимпиада ойынларында қатнасып, жерлесимиз Зайнаб Дайыбекова япониялы Тика Аоки, қытайлы Шао Яци, кореялы Юн Джи Су ларды жеӊип шығып, шерек финальда  венгриялы тәжирийбели Анна Мартонға 11-15 есабында жеӊилип қалғаны елеге шекем спорт ықласбентлериниӊ көз алдында.

2019-жылы жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионы атанған Зайнабты Президентимиз «Шухрат»  медалы, Токиодағы Олимпиадада көрсеткен ерлиги ушын «Жасорат»  медалы менен  сыйлықлады.

Гүлистан-Азияда теӊсиз спортшыға айланды

Бундай хошамет әлбетте, басқа да жас спортшыларымызға күш-жигер бағышлады. Буныӊ айқын дәлийлин бизлер 24-февраль күни Ташкент қаласында кадетлер ҳәм жас өспиримлер арасында өткерилген Азия чемпионатында көргендей болдық.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы НМПИ жанындағы  Академиялық лицейдиӊ 2-басқыш оқыўшысы Гүлистан Пердебаева сабля бойынша өзиниӊ барлық қарсыласларын жеӊип шығыўы гүллән халқымызды  қуўанышға бөледи. Әсиресе, бириншиликтиӊ ярым финалында пүткил дүньяға белгили қылышпаз Зайнаб Дайыбекова менен ушырасыўы Гүлистанға оғада қыйыншылық туўдырды. Бир жағынан екеўи де Қарақалпақстанлы болып оларға қолайсызлық жаратқан болса, екинши тәрептен усы жарысты өз көзи менен көриўге келген анасы филология илимлериниӊ докторы, белгили журналист Тамара Машарипованыӊ билдирген исенимин ақлаў лазым еди.

Беллесиў оғада қызық ҳәм талас-тартысларға бай болды. Бул ҳаққында Гүлистанныӊ анасы Тамара Машарипова өзиниӊ ишки кеширмелерин  былайынша баянлайды.

-Шайыр бабамыз Бердақ Ғарғабай улыныӊ «Амангелди» дәстанындағы Асан бийдиӊ  «Екеўи де мениӊ қозым» дегениндей еки қызымызға да жанкүйерлик еттим. Беллесиў басланыўы менен спорт сарайындағы тамашагөйлер арасында жым-жыртлық гүзетилди. Бул жерде тек спортшыныӊ ата-анасына ғана қоллаў көрсетиўге рухсат берилгендей.  Алынған упайға «Молодец» десем, утылса «Давай-давай» деп бақырып турдым. Лекин, спортта күш, шеберлик, мәртлик, талант ҳәм психологиялық таярлық өзин көрсетер екен. Есап 15-12. Ушырасыўды басқарған түркиялы төреши Гүлистан қызымныӊ үстинлигин тастыйықлады.

Финал беллесиўинде болса, Гүлистан Пердебаева австралиялы Вероника Васильеваны 15-7 есабында жеӊип шығып, сайланды командамыз есабына және бир алтын медалды қосып қойды.  Қуўанышлы тәрепи сонда бул жарыстыӊ қола медалы В. Исмаилова ҳәм Зайнаб Дайыбековалар қолға киргизди.

Спортшыларды бул жарысқа сайланды команда бас тренерлери В.Назлымов, Дәўирбек Жийемуратов, тренерлер Сәрдар Назарымбетов, Руслан Султанов, Мартин Камаджиев, Ёрқин Йулдашевлер таярлады.

Қылыш тутқан мамаларым руўҳы қоллады

-Мен бул спорт түри менен 4 жылдан бери турақлы түрде тренерим Сәрдар Назарымбетов басшылығында шуғылланаман,-дейди Азия чемпионы Гүлистан Пердебаева.-Буннан алдын Өзбекстан чемпионатында жеӊимпаз болған болсам, 2021-жылы Египетте өткерилген жас өспиримлер арасындағы жәҳән чемпионатында қатнасыўға миясар болдым. Бул жарыста сәл тәжирийбем азлығынан АҚШлы спортшыға жеӊилип қалған болсам, өткен жылы Ташкент қаласында өткерилген жәҳән кубогинде сайланды командамыз қурамында алтын медалды қолға киргиздим. Ал, кеше ғана Ташкент қаласында өткерилген Азия чемпионатында кадетлер ҳәм жас өспиримлер арасындағы жарыста еки алтын, жас өспиримлер арасындағы командалық жарыста гүмис медалды қолға киргизиўге миясар болдым. Командамыз қурамында қатнасқан қарақалпақстанлы спортшылардан Зайнаб Дайыбекова, Аякөз Жумамуратова, Наргиза Жақсыбаева, Шерзад Мамутов, Пазылбек Генжебаев ҳәм тағы басқа да досларымыз да алтын, гүмис ҳәм қола медаллларын жеӊип алып, жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

Енди алдағы ўақытлары да шынығыўларды босаӊластырмай, Бирлескен Араб Әмирликлериниӊ Дубай қаласында усы жылдыӊ апрель айында өткерилиўи режелестирилген, жәҳән чемпионатында жеӊип шығып елимиз байрағын бәлентлерде желбиретсем деймен…

Гүлистан Пердебаева 2005-жылы  Нөкис қаласында юрист Раўаж аға Хожаназаров ҳәм белгили журналист, илимпаз-педагог Тамара апа Машарипованыӊ шаӊарағында төртинши перзент болып дүньяға келди. Спорттыӊ қылышласыў түрин жедел меӊгерип, дойнағында барын толайым журтқа жылдам көрсете алды.

Ҳақыйқатында, келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын бул спортшы қызымыздыӊ алдағы жарысларда да жоқары нәтийжелерди қолға киргизип, Франция пайтахты Париж қаласында өтиўи тийис Олимпиада ойынларында да чемпионлықты қолға киргизетуғынлығына исенемиз. Себеби, бул қызларымыз мәрт Тумарис әўладлары, мәрди майдан мамалары қолына қылыш тутып, елиниӊ абырайын қызғыштай қорғаған.

 Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы