ТАСС тың мәлим етиўинше, бираздан соң Украина-Россия сөйлесиўлериниң екинши басқышы басланады.
Сөйлесиўлер Белоруссия аймағында өткериледи. Кремль Украина тәрепиниң Россия делегациясы менен ушырасыўға келиўине үмит етеди, бирақ бул процесс ҳаққында алдын ала болжаўдан өзин тыяды, делинеди хабарда. Россия Федерациясы Президентиниң баспасөз хаткери Дмитрий Песковтың айтыўынша, Москва ўәкиллери сөйлесиў орнына өз ўақтында таяр болады ҳәм сөйлесиў столына отырады. Россия президениниң жәрдемшиси Владимир Мединский Украина менен сөйлесиўлер алып баратуғын Россия делегациясын басқарып барыўды даўам еттиреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги