Бүгинги өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде Президент Шавкат Мирзиёев төмендегилерди мәлим етти:
2022—2026-жылларға мөлшерленген Ҳаял-қызлар билимлендириўин қоллап-қуўатлаў бағдарламасы қабыл етиледи.
Бағдарлама шеңберинде пайтахтта тийкарынан ҳаял-қызларды оқытыў ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында тоқымашылық тараўында өз алдына университет шөлкемлестириледи. Орынларда оның техникумлары да ашылады.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызлардың үлеси төмен болған анық пәнлер, техника ҳәм ҳуқықтаныў бағдарларындағы ЖООларда ҳаял-қызлардан ибарат студентлер үлесин ҳәзирги 24 проценттен 40 процентке шекем жеткериледи.
Буның ушын ҳәр жылы ҳаял-қызлардың студент болыўына квотаның кеминде 50 проценти анық пәнлер, техника ҳәм ҳуқықтаныў бағдарлары ушын мақсетли ажыратылады.
Жаңа оқыў жылынан баслап ЖОО, техникум ҳәм колледжлерде оқып атырған қызларға тәлим контрактларын төлеў ушын, биринши мәрте, 7 жыллық мүддетке процентсиз кредит бериў енгизиледи.
«Бундай имканият еле бизиң тарийхымызда улыўма болмаған», – деди Президент.
Соның менен бирге, Шавкат Мирзиёев буларға қосымша төмендеги имканиятлар жаратылатуғынлығын атап өтти:
Жаңа оқыў жылынан баслап магистратурада оқып атырған қызлардың контракт пуллары толық бюджеттен қаплап бериледи (23 мың қызға 200 миллиард сум);
– ҳәр жылы 50 қыз абыройлы сырт ел ЖООларына бакалавр ҳәм 10 қыз магистратураға оқыўға жибериледи;
– ҳәр бир ўәлаятта жәрдемге мүтәж шаңарақ ўәкиллери, ата ямаса анасынан айрылған 150 қыздың (улыўма 2,1 мың адам) тәлим контракты жергиликли бюджеттен қаплап бериледи;
– жас перзенти болған студент-қызларға аралықтан оқыўға шараят жаратылады;
– докторантура бағдарында ҳаял-қызлар ушын ҳәр жылы кеминде 300 ден мақсетли квота ажыратылады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.