Россия ҳәм Беларусь сайланды командалары хоккей бойынша өткерилетуғын халықаралық жарыслардан шетлетилди. Бул ҳаққында Халықаралық хоккей федерациясы мәлимледи.
Солай етип Россия ҳәм Беларусь сентябрь айына шекем өткерилетуғын барлық турнирлерге қатнаса алмайтуғын болды.
Атап айтқанда Россия Финляндияда ересеклер арасында болып өтетуғын 2022-жылғы жәҳән чемпионаты, жас өспиримлер, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасында болып өтетуғын төрт жарысқа қатнаса алмайтуғын болды.
Сондай-ақ, Россия усы жылдыӊ декабрь айында Новосибирск ҳәм Омскте басланыўы керек болған жаслар арасындағы жәҳән чемпионатын өткериў ҳуқықынан айырылды.
Соныӊ менен бирге, Евролига атқарыў кеӊеси де Украинадағы жағдай бойынша қабыл етилген қарарларды жәриялады. Оған бола, Россия баскетбол командаларыныӊ Евролига (ЦСКА, УНИКС, Зенит) ҳәм Еврокубоктағы (Локоматив-Кубан) қатнасыўын тоқтатыў бойынша арнаўлы қарарды жәриялаған.
Буннан тысқары, Европа гандбол федерациясы да Россия ҳәм Беларусь сайланды командалары ҳәм клубларыныӊ өзи шөлкемлестиретуғын жарысларда қатнасыў ҳуқықынан айырды.
Еслетип өтемиз, буннан алдын ФИФА ҳәм УЕФА Россия сайланды командасы ҳәм клубларын халықаралық жарыслардан шетлеткен еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы