«Nur Otan» партиясының атамасын «Аманат» деп өзгертиў туўралы шешим қабылланды, деп хабар бермекте КазИнформ.
Пратия съездинде мәмлекеттеги ең ири партияны қайта жаңартыў бағдарындағы усынысларды қоллап-қуўатлағаны ушын партияның атқарыўшы хаткери Қазақстан Президентине миннетдаршылық билдирип өтеди. «Ҳүрметли делегатлар, бүгинги съезде партияның модернизациясы ҳаққында айтылған барлық усынысларды, соның ишинде, партияның модернизациялаў бағдарламасы, жаңа атамасы, белгиси бойынша қабыллаў ушын даўысқа қоямыз», деген партияның атқарыўшы хаткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги