2022-жыл 1-март күни Ташкент ўақты менен саат 9:15 те Украинадан эвакуацияланған 258 ўатанласымызды Польшаның Катовице қаласынан алып келген гезектеги арнаўлы самолёт пайтахтымызға қонды. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министрлиги хабар берди.
Усы жылдың 1-март жағдайына бола, Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң ҳәрекетлери нәтийжесинде Украинадан жәми 509 Өзбекстан Республикасы пуқарасы ўатанымызға қайтарылды.
Ҳәзирги ўақытта «Карчова» қадағалаў-өтиў пунктиндеги топланыў орнында болып турған 650 ден аслам пуқараларымыз ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған. Ўатанласларымызды алып келиў ушын және бир қатар эвакуациялық рейслерди шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.
Өзбекстанның Польшадағы елшиханасының дипломатлары пуқаралардың мәселелерин шешиў менен шуғылланбақта ҳәм олардың аэропортта болып турыўын муўапықластырмақта. Елшиханада үзликсиз жумыс ислейтуғын оператив штаб дүзилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги