Украина Президенти Владимир Зеленский Жоқарғы бас сәркарда Ставкасын дүзиў ҳаққындағы пәрманға қол қойды, деп хабар бермекте ТАСС агентлиги.
Пәрманда Жоқарғы бас сәркарда ставкасын Зеленский басшылыққа алды, онын муўапықластырыўшысы етип Миллий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў Кеңесиниң хаткери Алексей Данилов тайынланғаны, Ставка «Украинанын мәмлекетлик ғәрезсизлигине және аймақлық пүтинлигине қәўип туўдыратуғын Россия Федерациясының қураллы агрессиясына қарсы, Украина Қураллы күшлери, басқа да әскерий дүзилмелер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларынын стратегиялык басшылығын тәмийинлеў ушын «Украина миллий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў кеңесиниң 24-февральдағы усынысы тийкарында дүзилгени айтылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги