Кеше түнде Европаныӊ бир қатар қалаларында футбол бойынша Европа Лигасыныӊ 1/16 финал ойынлары болып өтти.
Олардыӊ дәслепкисинде Испанияныӊ «Барселона» клубы Италияныӊ «Наполи» футболшылары менен өз-ара ушырасты. Барселонада болып өткен биринши ойында есап 1-1 есабында жуўмақланып, бул жуўап ушырасыўы алдынан италиялыларда бир қанша үмит оятқан еди. Бирақ, Хави басшылығындағы «Барселона» әсте-ақырын өзине келип, қарсылас командалары ушын қәўип туўдырып киятырғанлығын «Наполи» майданындағы ойында және бир мәрте көрсетип берди.
Атап айтқанда, ушырасыўдыӊ 8-минутында Жорди Алба, 13-минутта Фрэнки де Йонг «Барселона»ны алдыға алып шыққан болса, 23-минутта Лоренсо Инсинье пенальтиден гол урып арадағы есапты қысқартыўға еристи. Лекин, бул гол каталонлардыӊ пәтин қайтара алмады ҳәм 45-минутта Херард Пике италиялылар дәрўазасын анық нышанға алып, есапты 1-3 ге жеткерди.
Ушырасыўдыӊ екинши бөлиминде италиялы ышқыпазлар өз командасынан жақсы ойын көрсетеди деп үмитленген еди. Бирақ, 2-тайм олардыӊ күткениндей болмады. Керисинше, «Барселона» көплеген ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм олардыӊ биринде Обамеянг «Наполи» дәрўазасына және бир шырайлы гол жоллап, есапты 1-4 жеткерди.
Ойын тамамланыўына азғана ўақыт қалғанда Политано тәрепинен «Барселона» дәрўазасына урылған гол, Хави шәкиртлериниӊ келеси басқышқа шығыўына ҳеш қандай тосқынлық ете алмады. Улыўма еки ойын бойынша арадағы есап 5-3 «Барселона» пайдасына.
Европа Лигасыныӊ және бир ойынында Шотландияныӊ «Рейнджерс» клубы Дортмундтыӊ «Боруссия» футболшылары менен өз-ара күш сынасып, ойын 2-2 есабы менен жуўмақланды.
Бул командалардыӊ Германияда болып өткен дәслепки ушырасыўында «Боруссия» өз майданында 2-4 есабында жеӊилиске ушыраған еди. Солай етип еки ойын жуўмағы бойынша Шотландия командасы келеси басқыш жолламасын қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы