Украина бас штабы Донбасстағы әскерий ҳәрекетлер аймағында 5 самолёт ҳәм 1 вертолёт урып түсирилгенин мәлим етпекте.

Россия Федерациясының гезектеги билдириўине қарағанда, украиналы шегарашылар россиялы әскерий бөлимлерге ҳеш қандай қарсылық көрсетип атырған жоқ. Украина қураллы күшлериниң ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў системалары бастырылды. Украина қураллы күшлериниң авиабазаларындағы әскерий инфраструктуралар истен шығарылды.

Соны да атап өтиў керек, ғалаба хабар қуралларында Украина аймағында Россия самолёты урып түсирилгени ҳаққындағы мағлыўмат ҳақыйқатқа туўры келмейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги