Заманагөй футболды уллы академияларсыз көз алдымызға келтириўимиз қыйын. Бүгин тек санаўлы клублар ғана жас футболшыларды өз қанаты астына алып, олардыӊ ҳәр тәреплеме жетилисиўи ушын қолайлы шараят жаратып береди.
Бизлер ҳәзирги заман футболында өз орнына ийе усындай бес күшли футбол академиялары туўралы айтып өтемиз.
Бүгинги күни усы бесликте 5-орынды Германияныӊ «Шальке 04» клубыныӊ футбол академиясы ийелеп тур. Академия өзиниӊ жас өспирим тәрбияланыўшыларына болған қатнасы менен пүткил дүньяға танылған. Академия тренерлери еӊ дәслеп футболшылардыӊ физикалық таярлығына, ал, соӊынан топ пенен қатнас жасаўына итибар қаратады. Солай етип тренерлер жас спортшылардыӊ бойы яки болмаса семизлиги бойынша бир пикир билдирмейди. Бир неше айлар даўамында өткерилген физикалық шынығыўлар даўамында футболға ықласлы жаслар айырылып шығады. Соӊын ала болса, тренерлер тәрбияланыўшылардыӊ топ пенен ҳәрекетлениўи ҳәм техникасын күшейтиў бойынша жумыслар алып барады. Әлбетте, бул олардыӊ еки тәреплеме раўажланыўына тийкар жаратады.
«Шальке 04» тәрбияланыўшылары арасында бүгинги күни футбол ышқыпазларына жақсы таныс болған Нойер, Озил, Сане, Дракслер ҳәм басқа жулдызларды атап өтсек болады.
Күшли бесликтиӊ 4-орнын Англияныӊ «Саутгемптон» клубы академиясы ийелеп тур. Бул клуб Англия чемпионатында жоқары орынларды ийелемеўи мүмкин, бирақ, турақлы түрде премьер лигада орташа қатнасып келмекте. Ал, академия тәрбияланыўшылары болса, ҳәр жылы жас өспиримлер арасында өткерилетуғын ҳәр қыйлы жарысларда жеӊимпаз атанып, өз тренерлерин қуўантып келмекте.
Академияныӊ өз алдына айрықшалығы сыпатында жас футболшылардыӊ майданнан тыс жеке турмысына қатнас жасаўын айтып өтсек болады. Атап айтқанда, клуб көпшилик сырттан келиўши тәрбияланыўшылар үйге мүтәж болса, оларды шаӊарақларға жайластырады ҳәм тәрбияланыўшылар академияда оқыў дәўиринде сол үйде жасайды. «Саутгемптон» соӊын ала бул жаслардыӊ турмысын дыққат пенен бақлап барады.
Соныӊ менен бирге клубта тәбият қойнына саяхатқа шығыў, театрға барыў ҳәм басқа да дем алыс ойынлары шөлкемлестириледи. Академия тәрбияланыўшылары арасынан көпшиликке танылған Аллан Ширрер, Гарет Бэйл, Мэттью Ле Тиссье, Терри Пейн ҳәм басқаларды айтсақ болады.
Күшли үшликте болса, Бразилияныӊ «Сантос» клубы академиясы ийелемекте. Бразилия академиясы сапалы, узақ ҳәм турақлы жумыс ислеўи менен дүньяға белгили. Бул клуб дүнья футболыныӊ раўажланыўына өзиниӊ салмақлы үлесин қосты. Клуб барлық жас командалардыӊ физикалық таярланыўына үлги болыўы ушын «Футбол жетискенликлерин раўажландырыў орайы»н иске түсирди. Бул жойбар 6 жастан асқан 270 спортшы балаларды өз ишине алады. Ҳәзир бул бағдарлама бразилия академияларыныӊ «пионер»и болып ҳәм дүнья футболы ушын стандарт есапланады. Академияныӊ еӊ жақсы питкериўшилери сыпатында футбол патшасы Пеле, Неймара, Робиньо, Диеголардыӊ атын атап көрсетсек болады.
Күшли футбол академиялары рейтингиниӊ 2-орнында Португалияныӊ «Спортинг» клубы турыпты. Академия бундай жоқары дәрежеге ерисиўинде Аурелио Перейра басшылығындағы футбол агентлериниӊ хызметлерин айтып өтиў керек.
Бүгинги күни бул елде жас футболшыларды академияға тартыў бойынша жүзлеген агентлер жумыс алып бармақта. Бул академияда футболшылардыӊ тек физикалық жақтан раўажланыўына емес, ал, оныӊ жеке раўажланыўына, олар менен сөйлесиўге ҳәм клуб философиясына көбирек ўақыт ажыратылады. Академияныӊ аты әпсанаға айланған футболшылары арасында Луиш Фигу, Криштиану Роналду, Нанилерди атап өтсек орынлы болады, деп ойлаймыз.
Уллы ҳәм нәтийжели жумыс жүргизип киятырған академиялар рейтингин ҳәзирги ўақытта Амстердамныӊ «Аякс» клубы академиясы басқарып тур.
Бул мектеп дүнья футболына Кройфтан баслап Промеске шекемги аралықтағы оғада күшли футбол жулдызларын жетистирип берди. Академия тарийхына нәзер салсақ, бул жерге балаларды жайластырыўдыӊ өзи оғада қыйын. Буныӊ ушын бала оғада қурамалы таӊлаўлардан өтиўи тийис. Бул таӊлаўларда голландиялыларға айрықша итибар қаратылады. Академияда жас талантлардыӊ барлық бағдарларда шуғылланыўына дыққат қаратылып, оларға әжайып қолайлылықлар жаратылып бериледи. Бул мектептиӊ атақлы тәрбияланыўшылары сыпатында Йоханн Кройф, Марко Ван Бастен, Деннис Бергкамп, Фрэнк Райкард, Эдгар Дэвидс, Патрик Клюверт, Бойер, Эдвин Ван Дер Сар, Кларан Зейдорф, Суарес, Эриксен, Де Йонг ҳәм Де Лихтлерди айтып өтсек болады.
Интернет материаллары тийкарында таярлаған:
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы