Россия телеканалларында Владимир Путин Донецк халық республикасы ҳәм Луганск халық республикаларын тән алыў ҳаққындағы пәрманға қол қойғаны айтылмақта.
Европа аўқамы бул пәрманды халықаралық ҳуқық қағыйдаларына қарсы ҳәм Украинаның аймақлық пүтинлигине қәўип-қәтер деп есаплайтуғынын мәлим етти. Россияның бул қарарына қарсы оғада қатты жуўап берилетуғыны айтылмақта.
Басқа халықаралық мәлимлеме дәреклеринде АҚШ Президенти Жо Байден Франция жетекшиси Эммануэль Макронға өзиниң Владимир Путин менен ушырасыўын шөлкемлестириўди сорап мүрәжат еткени айтылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги