Қазақстандағы бир қатар ҒХҚ тәрепинен жақында Қазақстанда болған тәртипсизликлерди «Ақиқат» жәмийетлик комиссиясы тексерип атырғаны ҳаққында хабарлар тарқатылмақта, деп жазбақта депутат Р.Кушербаев.
Комиссия тәртипсизликлерде сырт еллердиң қатарында өзбекстанлылар ямаса Өзбекстанда туўылғанлар қатнасқанын билдирмекте. Бирақ олар ҳәзир Өзбекстан пуқарасы ма ямаса жоқ па, деген мәселе ашық қалдырылған.
«Өз орнында Өзбекстан Қазақстанда жүз берген тәртипсизликлерди тыныш жол менен шешиўдиң тәрепдары екенин билдирип, ишки ислерине араласпаған ҳалда тынышлықты қоллап-қуўатлаў позициясында болғанын ҳәммемиз билемиз. Кейинги жылларда Өзбекстан-Қазақстан қатнасықлары стратегиялық бирге ислесиў дәрежесинен, аўқамласлық қатнасықларына қарай беккемленип бармақта.
Сонлықтан, ҳәзирги жағдайда еки халық ҳәм тәреплер арасында түсинбеўшиликлер болмаўы ушын Қазақстандағы тәртипсизликлерди тексерип атырған комиссия тәртипсизликлерде Өзбекстан пуқаралары қатнасқан ба ямаса гәп тек ғана Өзбекстанда туўылып, кейин ала басқа мәмлекетлерге кеткен шахслар ҳаққында ма, соған айдынлық киргизсе мақсетке муўапық болар еди.
Усы жерде Сыртқы ислер министрлиги де комиссияның бул билдириўи бойынша үйрениўлер өткерип, рәсмий мағлыўмат бериўи зәрүр», деген пикирде екенлигин жазады депутат.
Қарақалпақстан хабар агентлиги