«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Тахтакөпир районы бөлимшеси, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў, Туризм ҳәм спорт бөлимлери тәрепинен пуқаралар жыйынларының командалары арасында мини футбол бойынша «Спортты сүй, спорт пенен жаса» сүрени астында жарыс болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген жарыста 13 команда қатнасты.

Кескин жағдайда өткен ойынларда «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйынының командасы биринши, «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйынының командасы екинши, «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйынының командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орынларды ийелеген командаларға «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Тахтакөпир районы бөлимшеси, районлық Туризм ҳәм спорт бөлими тәрепинен диплом және естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги