20-февраль күни Пекинде болып өткен қысқы Олимпиада ойынлары өз жуўмағына жетти.
Олимпиаданыӊ еӊ соӊғы медаллар топламы хоккей жарысларында болып өтти. Онда чемпионлық ушын гүрес Финляндия сайланды командасы ҳәм Россия Олимпиада комитети командалары арасында болып, ушырасыўда дәслепки шайба дәрўазаға россиялы хоккейшилер тәрепинен киргизилди. Атап айтқанда, ойынныӊ 8-минутында Михаил Григоренко есапты ашқан болса, 24-минутта Вилле Покка ҳәм 41-минутта Ханнес Бьёрнинен россиялылардыӊ дәрўазасын анық нышанға алды.
Буннан соӊ россиялылар қанша ҳәрекет еткени менен есапты өзгерте алмады ҳәм Финландия сайланды командасы өз тарийхында биринши мәрте Олимпиада чемпионлығын жеӊип алыўға миясар болды.
Ал, медаллар рейтингиниде болса, Норвегиялылар биринши, Германия екинши, майдан ийелери Қытай сайланды командасы үшинши орынға ылайық деп табылды.
Солай етип Пекин Олимпиадасында мәмлекетлер медаллар алыў бойынша төмендегише көриниске ийе болды.
- 1. Норвегия – 16-8-13 (37)
- 2. Германия – 12-10-5 (27)
- 3. Қытай – 9-4-2 (15)
4. АҚШ– 8-10-7 (25)
5. Швеция – 8-5-5 (18)
- 6. Нидерландия – 8-5-4 (17)
- 7. Австрия – 7-7-4 (18)
- 8. Швейцария – 7-2-5 (14)
- 9. Россия– 6-12-14 (32)
10. Франция – 5-7-2 (14)
Еслетип өтемиз, Өзбекстанныӊ атынан бул Олимпиада ойынларында қатнасқан спортшы Комилжон Тухтаев таў лыжасыныӊ слалом ҳәм гигант слалом бағдары бойынша қатнасып, гигант слаломда 29-орынды бәнт еткен еткен болса, слалом жарысларында ойынды мүддетинен бурын жуўмақлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы