Биоҳәртүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қорғаў, олардан пайдаланыўды қадағалаў бойынша аймақлық инспекциялары Қарақалпақстан Республикасы бойынша оператив топары тәрепинен усы жыл 20-январь күни Тахтакөпир районы аймағында рейд өткерилгенде, бир неше браконьерлердиң нызамсыз түрде атыўға қадаған етилген аңларды атып жүргени анықланып, олар қолға алынды.

Атап айтқанда, гезектеги рейд барысында топар хызметкерлери райондағы «Қытай қазған» коллекторы бойларындағы қумлықларда кетип баратырған УАЗ-469 маркалы автотранспортты тийисли тәртипте иркип, тексерип көреди. Усы машина ишиндеги 5 пуқара еки аў мылтығы менен 20 дана жәйран кийигин аўлап алып киятырған екен. Тексериў даўамында усы аў мылтықлары пуқаралар С.Искендеров ҳәм Т.Нурабуллаевларға тийисли болып шықты.

Автотранспорт, аў мылтықлары, прожектор, оқ туратуғын қатарлар ҳәм сойылған 20 дана жәйран айғақлы зат ретинде алып қойылды.

– Усы жыл 20-январь күни Тахтакөпир аймағында жасаўшы бул пуқаралардың қарсысына дүзилген акт бойынша тәбиятқа келтирилген зыян Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 20-октябрьдеги «Ҳайўанатлар дүньясы объектлеринен пайдаланыў, оларды Өзбекистан Республикасына алып кириў ҳәмде аңшылық-балықшылық хожалықларын жүргизиў тәртиби ҳаққында»ғы режесиниң 2-қосымшасына муўапық есапланды.

Онда жәйран 50 коэффицентке тең, деп көрсетилген. Ең кем айлық мийнет ҳақы – 172 мың 240 сум. Демек, 172240×50х20 бас жәйран=172 миллион 240 мың сум. Ҳайўанлар жарытқыш үскенелеринен ҳәм транспорт қураллары жәрдеминде аўланған болса, тәбиятқа келтирилген зыян муғдары үш есеге көбейтиледи. Демек, бул пуқаралардың тәбиятқа келтирген зыяны жәми 516 миллион 720 мың сум болып есапланады,-дейди оператив топар бас қәнигеси Ф.Айтбаев.

Ҳәзирги күнде анықланған усы факт бойынша топланған материалларға тийкарланып тийисли жумыслар әмелге асырылмақта.

Еслетип өтемиз, өткен жылдың август айынан баслап усы топар тәрепинен жәми 286 мәрте рейд жумыслары әмелге асырылған. Усы рейдлерде аңшылық бойынша 52, балық аўлаў бойынша 83, өсимликлер дүньясы бойынша 276, жәми 411 ҳуқық бузыўшылық фактлери анықланған. Соннан 387 си ҳәкимшилик тәртибинде көрип шығылып, жәми 387 пуқараға 56 миллион 859 мың 499,5 сум муғдарында жәрийма салынған.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы