Кеше Олимпиада ойынларындағы беллесиўлер өз жуўмағына жетти.

Олимпиаданыӊ өткен 14 күн жуўмағы бойынша рейтингте Норвегиялылар 15 алтын, 8 гүмис ҳәм 11 қола медаллары менен 1-орында киятырған болса, Германия ҳәм АҚШ сайланды командалары екинши ҳәм үшинши орынларда келмекте.

Майдан ийелери болса, 8 алтын, 4 гүмис ҳәм 2 қола медаллары менен төртинши орынды ийелеп тур.

Сондай-ақ, күни кеше хоккей бойынша ерлер арасында ярым финал ушырасыўлары болып өтти. Олардыӊ бириншисинде Финляндия сайланды командасы Словакияны 2-0 есабында жеӊилиске ушыратқан болса, россиялы хоккейшилер оғада кескин өткен ушырасыўда Швеция сайланды командасын буллитлер есабына көре 2-1 есабында жеӊип шықты.

Солай етип, хоккей бойынша 20-февраль күни болып өтиўи режелестирилген ойында Финляндия сайланды командасы россиялы хоккейшилер менен алтын медаль ушын өз-ара гүрес алып барады.

Енди сизлердиӊ нәзериӊизге командалардыӊ ийелеп турған рейтинг көрсеткишин усынамыз..

Медаллар рейтинги (топ-10):

1.Норвегия – 15-8-11 (34)

2.Германия– 10-7-5 (22)

  1. АҚШ– 8-8-5 (21)
  2. Қытай– 8-4-2 (14)
  3. Австрия – 6-7-4 (17)

6.Нидерландия – 7-5-4 (16)

  1. Швейцария– 7-2-5 (14)
  2. Австрия – 6-7-4 (14)
  3. РОК (Россия) – 5-9-13 (27)
  4. Франция – 5-7-2 (14)

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы