Қысқы Олимпиада ойынларында бүгин хоккей бойынша Финляндия ҳәм Словакия сайланды командалары арасында ярым финал ушырасыўы болып өтти.

Пекиндеги «Миллий»  спорт сарайында болып өткен бул ойынныӊ 16-минутында Сакари Маннинен финлерди есапта алдыға алып шыққан болса, 3-бөлиминиӊ тамамланыўына бир минут қалғанында Харри Песонен өз командасын Олимпиаданыӊ финалына алып шықты.

Финляндия-Словакия 2:0

Ал, екинши ярым финалда болса, Швеция сайланды командасы россиялылар менен күш сынасады.

 Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы