Бүгин қысқы Олимпиада ойынларында ҳаял-қызлар арасында хоккей бойынша финал ушырасыўы болып өтти.

Онда Олимпиада ойынларыныӊ 4 мәрте жеӊимпазы Канада сайланды командасы усы жарыста еки мәрте чемпионлықты қолға киргизген АҚШлы хоккейшилер менен ушырасты.

Ушырасыўдағы дәслепки голды 8-минутта канадалы Сара Нёрс ашқан қалса,  16 ҳәм 30-минутында канадалы Мари-Филип Пулен дублге ерисип Канада сайланды командасыныӊ 5-мәрте Олимпиада ойынлары чемпионлығын тәмийинленди.

Ал, АҚШлы хоккейшилер болса, ушырасыўдыӊ 37 ҳәм 60-минутларында Канада дәрўазасына анық шайба жоллап, арадағы парықты қысқартыўға еристи.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, Олимпиада ойынларында канадалылар АҚШлы қызлар менен финалда жети мәрте ушырасып, соннан 5 мәрте чемпионлықты қолға киргизген болса, 1998-жылы Нагано, 2018-жылғы Пхенчхан Олимпиадаларында  АҚШ сайланды командасы жеӊимпаз атанған.

Буннан алдын Олимпиаданыӊ қола медалы ушын болған ушырасыўда Финляндия сайланды командасы швейцариялы қызларды 4-0 есабында жеӊилиске ушыратып, 3-орын ийесине айланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.