Пекинде өткерилип атырған қысқы Олимпиада ойынлары оғада қызғын даўам етпекте.

Әсиресе, бүгин биатлон бойынша болып өткен 24 км ге эстафета жарысларында россиялы спортшы қызлар өзлери қолға киргизейин деп турған алтын медалынан айрылып қалды.

Атап айтқанда, эстафетаныӊ үшинши басқышында қатнасқан Светлана Миронова тик турып оқ атыўда төрт мәрте қәтеге жол қойып, белгиленген жәрийма майданынан айланып өтиўге мәжбүр болды. Буннан нәтийжели пайдаланған италиялы ҳәм швециялы спортшылар оннан алдынға өтип алыўға миясар болды.

Эстафетаныӊ еӊ соӊғы басқышында қатнасқан россиялы Ульяна Нигматуллина қаншелли тез ҳәм анық ҳәрекет етип арадағы парықты қысқартқаны менен швециялы спортшыдан 12 секунд кеш қалып, гүмис медаль менен шеклениўге мәжбүр болды.

Солай етип, биатлон бойынша өткерилген эстафета жарысында швециялылар алтын, россиялылар гүмис, германиялылар қола медальларын қолға киргизиўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы