Бүгин – 16-февраль күни Қытай пайтахты Пекин қаласында даўам етип атырған XXIV қысқы олимпиада ойынларының азанғы бағдарламасында жерлесимиз Камилжан Тоқтаев лыжаның слаломдағы беллесиўлерин өткерди.

Хабар бергенимиздей, спортшымыз 13-февраль күни гигант слаломда 29-орынды ийелеп, ақ олимпиададағы өзиниң жеке рекордын жаңалаған еди.

Бүгинги слалом беллесиўлери болса тилекке қарсы бирден-бир спортшымыз ушын әўметсиз жуўмақланды. Ол финишке жақынлағанда қәтеликке жол қойып, беллесиўди нәтийжесиз жуўмақлаған 36 спортшылар қатарынан орын алды.

Бул сайлап алыў беллесиўинде әўмети келген 50 ден аслам спортшы Пекин олимпиадасының медальлары ушын гүрести даўам еттирмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги