«ТАСС»тың Корея Республикасындағы орайлық сайлаў комиссиясының мағлыўматына тийкарланған хабарына бола, мәмлекетте президент сайлаўы алдынан үгит-нәсият жумыслары басланды.
Еки ҳәпте даўамында сиясий партиялар ҳәм дизимнен өткен талабанлар үгит-нәсиятлаў менен бәнт болады. Президентликке кандидат етип дизимге алынған 14 адам талабан болмақта.
Әмелдеги «Табуро» демократиялық партиясының кандидаты Ли Чжэ Мёну биринши санлы талабан сыпатында көрсетилмекте. Кейинги орынларда «Пуқаралық күшлер» оппозициялық партиясынан Юн Сок Ёль, «Адолат» партиясының ўәкили Сим Сан ҳәм Халық партиясынан талабан Ан Чхолб Су дизимге алынған.
Корея Республикасы Президентин сайлаў 9-мартқа белгиленген. Мәмлекет конституциясына муўапық, президент бир мүддетке сайланыўы себепли әмелдеги мәмлект басшысы Мун Чжэ Ин сайлаўға қатнаса алмайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги