Қытай пайтахты Пекин қаласында даўам етип атырған Олимпиада ойынларында биатлон бойынша командалық эстафета жарысында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери мәлим болды.

Кескин өткен беллесиўлерди Норвегия сайланды командасы алтын медальды қолға киргизди. Стурла Легрейдиң әўметсиз стартынан кейин норвегиялылар жетинши орынға түсип кеткен еди. Бирақ, оның қәтесин Тарьей ҳәм Йохансон Белар дурыслаўға муўапық болды.

Ветле Шостад Кристиансенниң оқ атыў майданшасындағы әжайып нәтийжесинде Норвегия Олимпиаданың алтын медалын жеңип алды. Гүмис медаль Фабьен Клод, Эмильен Жаклен, Симон Дестье ҳәм Кантен Фийон Майеден ибарат Франция сайланды командасына несип етти. Россия (Карим Халили, Александр Логинов, Максим Цветков, Эдуард Латыпов) болса қола медалына сазаўар болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.