Бир нешше минут алдын Спорт арбитраж суды (CАS)  фигуралы ушыўшы Камила Валиева ҳаққындағы соңғы рәсмий қарарды қабыл етти.

Суд спортшыны «таза» деп жәриялады ҳәм Камила Пекин-2022 қысқы Олимпиада ойынларында қатнасыўын даўам ететуғын болды.

Еслетип өтемиз, Валиева Россия сайланды командасының қурамында Пекин Олимпиадасының командалық жарысында жеңимпаз болған еди. Бирақ, онда допинг анықланғанлығы себепли сыйлықлаў мәресими еле өткерилмеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги