Уллы Британиядағы «Harley Street Clinic» клиникасының қәнигеси, онколог Амен Сибтейн рак кеселлигиниң тоғыз тийкарғы белгилерин санап өтти. Бул ҳаққында ол «Daily Express» басылымына берген интервьюинде айтып өтти.
Оның сөзлерине қарағанда, денениң ҳәр қандай бөлегинде түсиниксиз аўырыўлар, егер олар үш ҳәптеден көбирек ўақыт даўамында бақланса, онкологиялық кеселлик белгилери болыўы мүмкин. Бундай жағдайда, әсиресе, сүйеклердеги сезиниўге байланыслы ҳалда болса жеделлик пенен шыпакерге мүрәжат етиў керек.
Шыпакер, сондай-ақ, себепсиз қан кетиўи ҳәм салмақ жоғалтыўды рак кеселлиги белгилери менен байланыстырған. Сондай-ақ, қәниге шаршаўға итибар бериўди мәсләҳәт берди. Түнде күшли терлеў, исик пайда болыўы, турақлы жөтел ҳәм жутыныўға байланыслы машқалалар, сондай-ақ, қарындағы исик усы кеселликтиң белгилери болыўы мүмкин.
Бурын, Уллы Британияның «Pankreatik» рак қайырқомлық шөлкеми аўқатланыў ўақтында тез тойып қалыў асқазан асты бези раги белгилеринен бири екенин айтты.
Басылымға бола, асқазан асты бези раги менен аўырған наўқаслар аўқатланыў ўақтында тез тойыўы себепли жутыныўға байланыслы машқалаларға дус келеди. Бул кеселликтиң басқа да белгилери менен бир қатарда шыпакерлер қалтыраў, температура ҳәм улыўма әззилик жағдайына итибар бериўге шақырмақта. Сондай-ақ, белгилер арасында иштейдиң тийкарсыз болмаўы, ас сиңириў машқалалары ҳәм тез-тез кеўил айныў сезими бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги