Халық аралық Олимпиада комитети байрағы астында қатнасып атырған россиялы хоккейшилер Пекин Олимпиадасыныӊ екинши турында Дания сайланды командасын 2-0 есабында жеӊип шығып, мүддетинен алдын шерек финал жолламасын қолға киргизди.

Россиялылардыӊ бул жолламаны қолға киргизиўине Швейцария сайланды командасыныӊ чехлар менен тийкарғы ўақытта 1-1 есабында ойнаўы себеп болды. Буннан алдынғы турда россиялы хоккейшилер тийкарғы ўақытта Швейцарияны 1-0 есабында жеӊип шыққан еди.

12-февраль күни россиялы спортшылар Чехия сайланды командасы менен өз-ара күш сынасады.

Сондай-ақ, бул турда Швеция сайланды командасы Словакияны 4-1, Чехия болса, Швейцарияны буллитлер есабында жеӊип шығыўға миясар болды.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы