Сырт ел ғалаба хабар қуралларының мағлыўматларына қарағанда ХХIV Қысқы олимпиада ойынлары болып өтетуғын Қытайдың Пекин қаласында магнитудасы 2,7 баллық жер силкиниўи жүз берди.
Силкиниў 3-февраль күни жергиликли ўақыт пенен 01:55 те пайтахттың арқа шығысында жайласқан Чаоян районында жүз берген.
Жер силкиниў қысқы Ойынлар илажлары өтетуғын «Қус уясы» миллий стадионынан 11-15 шақырым жерде болды.
Пекин қаласында ХХIV Қысқы олимпиада ойынлары ертеңнен басланып 20-февральға шекем даўам ететуғынын еслетип өтемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги