Жақында Өзбекстан Республикасы туризм ҳәм спорт министрлиги тәрепинен  Сурхандәрья ўәлаятында 2004-2005-жылы туўылған қызлар арасында волейбол бойынша спорт жарысы болып өтти.

Елимиздиӊ барлық ўәлаятларынан волейбол менен шуғылланыўшы жас өспиримлер қатнасқан бул жарыста Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы атынан Қараөзек районлық ХББ ға қараслы 9-санлы ҳәм 28-санлы мектеп оқыўшылары да табыслы қатнасып, жарыс жуўмағында 3-орынды ийелеўге миясар болды.

Усы мүнәсибет пенен район ҳәкими Узақберген Утамбетов район ҳәкимлигинде  спортшы қызлар ҳәм олардың устазларын қабыллап, оларды ерискен табысы менен қутлықлады ҳәм район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

-Шәкиртлеримиз бенен дәслеп Қарақалпақстан бириншилигинде жеӊимпаз болып, соӊынан Өзбекстан басқышына қызғын таярланған едик,-дейди бизге усы жас волейболшылардыӊ устазы Байнияз Худайбергенов.- Ислеген мийнетлеримиз заяға кетпей оқыўшыларымыз 3-орынды алыўға миясар болды ҳәм мен «Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў ағласы», районлық халық билимлендириў бөлими методисти М. Баўетдинов «Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси менен сыйлықландық. Мине бүгин район ҳәкими де бизлердиӊ кеўлимизди хошлап, сыйлы саўғалар тапсырып атыр. Буныӊ ушын басшыларымызға шексиз миннетдаршылық билдиремиз ҳәм алдағы жарысларға да белсене қатнасамыз,- деп халқымызды исендиремиз.

Әлбетте, қай жерде жасларды қоллап-қуўатлаў болса, сол жерде алға илгерилеў ҳәм раўажланыў болады. Буны бизлер қараөзекши жас спортшылар мысалында айқын көрдик.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы