Бул ҳаял тиленши ямаса «бомж» емес. Бул сүўреттеги 2000-2012-жыллар аралығында Финляндия Президенти болған-Таря Халонен ханым болып табылады. Сүўретке алынған ўақытта ол еле Президентлик лаўазымында еди. Бул сүўретти көрип ол есинен айырылып қалған ба ямаса жумыстан қайтарсын шаршап отырып қалған ба!? деп ойлаўыңыз мүмкин. Жоқ, Президент ханым тек ғана бар жоғы мәмлекеттеги үйсиз пуқараларды қоллап-қуўатлаў акциясында қатнасыў ушын усылайынша етип кийинип алған еди.
Халонен ханым пүткил Финляндия халқына ҳәм дүньяға ҳәр қандай бай, қүдиретли ҳәмелдарлар да бир секундта усындай пақыр-пуқараға ҳәм жәрдемге мүтәж адамға айланып қалыўы мүмкинлигин еслетип қойған еди. Усы акциядан кейин мәмлекетте үйсизлер саны кескин қысқарып кетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги