Еки күн даўамында Нөкис қаласы ҳәкимлиги, қалалық туризм ҳәм спорт бөлими менен биргеликте спорттың киши футбол түри бойынша жарыс өткерилди.

Онда Нөкис қаласындағы мәденият тараўы хызметкерлеринен дүзилген 13 команда Нөкис қаласы ҳәкими кубоги ушын өз-ара беллести. Жарысқа улыўма 120дан аслам мәденият тараўы хызметкерлери қатнасты.

Жарыс жуўмағында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының командасы биринши, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрының командасы екинши, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң командасы үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм Артель компаниясы тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар, ҳәким кубоги ҳәм  дипломлар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери