Эфиопияда кең тарқалған бананға уқсас өсимлик – энсета адамзатты глобал апатшылықтан қутқарыўы мүмкин.
Уллы Британия ҳәм Эфиопия илимпазлары тәрепинен алып барылған изертлеўге бола, энсета және де ыссы климат шараятында 100 миллионнан аслам адамды бағыўы мүмкин. Эфиопияда бул өсимликтен каша ҳәм нан таярланады. Өсимликтиң мийўелери желинбейди. Бирақ тамырларын қайта ислегеннен кейин азық-аўқат сыпатында пайдаланыў мүмкин.
«Бул өсимлик азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўында ҳақыйқатында да әҳмийетли роль атқарыўы мүмкин», дейди Эфиопияның Хавасса университети докторы Вендавек Абебе.
Уллы Британиядағы Кью Патшалықтың ботаника бағы докторы Жеймс Борелдиң айтыўынша, жылдың қәлеген ўақтында энсета егип, өним жыйнап алыў мүмкин.
Бәринен бурын Жеймс Боррел егер жақын 30 жыл ишинде Жерде орташа температура бир ярым дәрежеден көбирекке көтерилсе, адамзатты қәўипли тәбийғый өзгерислер күтип атырғаны ҳаққында ескерткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги