Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен республикамыздағы ҳуқық қорғаў уйымлары арасында мини футбол бойынша жарыс болып өтти.

Нөкис қаласындағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде өткерилген жарысқа қатнасқан 10 команда Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығының кубоги ушын беллести.

Жақсы таярлықлар менен келген Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги 2-санлы тергеў қамақханасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы командалары финальға жоллама алды.

Ойынның тийкарғы ўақты 3:3 есабында теңбе-тең жуўмақланды. Пенальтилер сериясы бойынша Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы командасы 5:4 есабында жеңиске еристи ҳәм кубокти өзлеринде сақлап қалды. Үшинши орынды Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги командасы ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм белсене қатнасқан командаларға кубок, диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги