Өзбекстан Республикасы Ишки министрлигине қараслы Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейинде Қарақалпақстан Республикасы Ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери арасында волейбол бойынша жарыс болып өтти.

Ўатан қорғаўшылар  ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен «Динамо» денетәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң кубоги ушын өткерилген  жарыста 14 команда қатнасты. Үш күн даўам еткен жарыста Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги сайланды командасы биринши, Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының командасы екинши, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги