«14-январ-Ӯатан қорғаӯшылары күни» ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 30 жыллығы байрамын жоқары дәрежеде белгилеӯ ҳәм жасларды Ӯатансүйиӯшилик руӯхында тәрбиялаӯ мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Кураш федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиӊ шөлкемлестириӯи менен миллий гүрес бойынша  Нөкис қалалық туризм ҳәм спорт бөлиминиң ашық бириншилиги болып өтти.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 12-13 жастағы ул ҳәм қыз балалар қатнасып, онда  20 салмақ категориясында 200 ден аслам палӯанлар өз-ара беллесиӯлерге түсти.

Жарыс жуӯмағында ер балалар арасында  30-33 кг салмақларда қараөзекли спортшылар Мансур Теӊелбаев ҳәм Махаматдин Караматдиновлар, 36-44-48-52-71 кг салмақларда ақмаӊғытлы Зухратдин Қурбанбаев, Оӊғар Дәрьябаев, Азамат Байниязов, Камранбек Зинатдинов, Нурсултан Алимбаевлар, 40 кг салмақта нөкисли Улуғбек Турдыбаев, 56 кг салмақта кегейлиши Абдулла Ғайбуллаевлар, 60, +71 кг салмақларда қанлыкөлден Улуғбек Сапарниязов, Бийбарыс Боранбаевлар, 65 кг салмақта шымбайлы Исламбек Шарибаевлар, қызлар арасында 30-40-52 кг салмақларда нөкисли Гүлдана Турсынбаева, Нуржайна Нуратдинова, Дилназа Кеўнимжаевалар, 33 кг салмақта қараөзекли Салтанат Муратбаева, 36-44 кг салмақларда Қундыз Бектурсынова ҳәм Шахида Қаратаевалар, 48 кг салмақта кегейлиши Динара Өтебаева, +52 кг салмақта Севинич Юлдашевлар 1-орынды ийелеўге миясар болды.
-Жарысқа Шымбай районындағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинен төрт шәкиртимди алып келип келип едим,- дейди шымбайлы жас спортшылардыӊ тренери Қаршығы Боранбаев.-Соннан үшеўи жеӊимпазлықты қолға киргизди. Алдағы ўақытлары шәкиртлеримди еле де күшлирек таярлап, Қарақалпақстан, Өзбекстан ҳәм Азия чемпионатларында да жеӊимпаз болыўы ушын ҳәрекет етемиз.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириӯшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саӯғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги