Грузияның Тбилиси қаласында қылышпазлықтың сабля бағдары бойынша Жәҳән кубогы турнири басланды. Ҳаял-қызлар арасында жерлесимиз Зайнаб Дайыбекова рейтингдеги 22-орны менен медальлар ушын жарысқа түсиў имканиятын сақлап қалды.

«Olympic.uz»дың хабар бериўинше, жоқары рейтинги себепли қарақалпақстанлы спортшы 1/64 финал басқышынан жарысларға қосылады. Мәлим болыўынша, Өзбекстаннан қатнасып атырған басқа барлық жас қылышпазлар сайлап алыў жарысларында имканиятты қолдан берген. 1/32 финалға жол алыў ушын Дайыбекова франциялы Амалия Эмиди (43) жеңип шығыўы керек.

Зайнаб усы қарсыласын жеңе алса, япониялы Норика Тамура (11) ҳәм италиялы Элиза Пассаро (54) қарама-қарсылығының жеңимпазы менен дусласады. Алдағы жарысларда жерлесимизге әўмет ҳәм жеңислер тилеп қаламыз.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.