Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 30 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Шоманай районындағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде еки күн даўамында райондағы мәкеме ҳәм кәрханаларда жумыс ислейтуғын жаслар арасында спорттың киши футбол түри бойынша район бириншилиги өткерилди.

Шоманай районы ҳәкимлиги, Жаслар ислери агентлиги, Туризм ҳәм спорт бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген бул жарыста, райондағы 26 мәкемениң командалары қатнасты.

Жарыс жуўмағында мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилеринен дүзилген команда биринши, 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы екинши, 23-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпаз командалар жарыс шөлкемлестириўшилери тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги