Республикашылар партиясының ўәкиллери АҚШтың жуқпалы кеселликлер қәнигеси Энтони Фаусиди CОVID-19дың лаборатор келип шығыўы версиялары ҳаққындағы мағлыўматты жасырған, деп гүман етпекте. Бул ҳаққында «РИА Новости» жазған.
Конгрессменлер Жеймс Комер ҳәм Жим Жорданның сөзлерине бола, Фауси 2020-жыл февраль айында вирустың лабораториядан сызып шығыў итималының бар екенлиги ҳаққында мағлыўматқа ийе болған. Тек оның әне усы мағлыўмат бойынша рәсмийлер менен пикирлескен бе, ямаса жоқ па, белгисиз.
«Биз алдын белгисиз болған электрон почта хабарларын жүзеге шығардық. Нәтийжеде, доктор Фауси Уханьдағы лабораториядан CОVID-19дың келип шығыўы ҳаққындағы мағлыўматты жасырып қойған ҳәм теорияны биле тура қысқартқан болыўы мүмкин», – деп түсиник берген конгрессменлер социаллық тармақ арқалы.
Олар Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң баслығы Хавьер Бессераға мүрәжат етип, жағдайға түсиник бериў ҳәм Фаусидиң бул мәселе бойынша пикирин тыңлаўды усыныс етти.
Өткен жыл март айының ақырында Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң экспертлери Қытайдың Ухань қаласына барған еди. Сол ўақытта лабораториядан CОVID-19 дың сызып шығыў итималы жоқ, деген жуўмаққа келинген. Есабатта ЖДСШ қәнигелери коронавирус адамға жарғанат ямаса басқа ҳайўаннан жуғыўы мүмкин екенлигин шамалаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги