Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Түркменстан стратегиялық шериклигиниң ҳәзирги жағдайы ҳәм байланысларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў перспективасы додаланды.

Еки мәмлекет басшылары арасында бурын ерисилген келисимлерди әмелге асырыў процесине айрықша итибар қаратылды.

Тез арада саўда-экономикалық тараўдағы еки тәреплеме бирге илсесиўди және де тереңлестириў мәселелерин додалаў мақсетинде Түркменстан Министрлер Кабинети баслығы орынбасарының басшылығындағы ҳүкимет делегациясының Өзбекстанға сапары күтилмекте. Сапар шеңберинде ҳәр қыйлы тараўлар бойынша анық жойбарлардың орынланыўы да көрип шығылады.

 

Сыртқы ислер министрлиги

Баспасөз хызмети