Жаңа жыл байрамы алдынан жыл жуўмағы шығаралып,  түрли тараўлар бойынша жеңимпазларды анықлаў дәстүрге айланбақта.

Бүгинги күни Татарстанның Қазан мәмлекетлик архитектура-қурылыс университетинде билим алып атырған Ахмед Қайыпбергенов жаңа жыл босағасында қос қуўанышқа бөленди. Ол «Сырт елли студент» номинациясы ҳәм «2021-жылдың студенти» гран-при жеңимпазы деп табылды.

Жеңимпаз диплом, статуэтка ҳәм естелик саўғасы менен сыйлықланды. Россияныӊ абырайлы жоқары оқыў орынларының биринде билим алып атырған жерлесимиздиң алдағы оқыўларында табыслар тилеймиз.


Қарақалпақстан хабар агентлиги