Президент Қасым-Жомарт Тоқаев Қазақстан ҳүкиметиниң отставкасы ҳаққындағы қарарды қабыллады. Бул ҳаққында президент баспасөз хызмети хабар берди, деп жазбақта «Дарё» басылымы.
Қарарға муўапық, Қазақстан бас министриниң биринши орынбасары Алихан Смаилов бас министр ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланған.
«Қазақстан Республикасы ҳүкиметиниң отставкасы қабыл етилсин. Қазақстан Республикасы бас министри ўазыйпасын атқарыў ўақытша Алихан Смаиловқа жүкленсин», – деп жазылған ҳүжжет текстинде.
Ҳүжжетте ҳүкимет ағзаларына Министрлер Кабинетиниң жаңа қурамы тастыйықланғанға шекем өз ўазыйпасын атқарыўды даўам етиў тапсырылған.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2019-жылдың февраль айында Қазақстанның биринши президенти Нурсултан Назарбаев ҳүкимет отставкасын қабыллаған ҳәм Асқар Маминды бас министр ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынлаған еди.
2-январьдан берли Қазақстанда наразылық митинглери болып өтпекте. Ўақыялар Қазақстанның Маңғыстаў областы Жаңаөзен қаласында автомобиль ийелери суйытылған газ баҳасының еки есеге (60 теңгеден 120 теңгеге) көтерилгенинен наразы болып, ғалабалық митингге шығыўы менен басланған еди. Буннан кейин митинглер Ақтаў областының орайында да болып өтти, соңынан Қазақстанның басқа аймақларына, соның ишинде, пайтахт Нур-Султан қаласына және бурынғы пайтахт Алматыға да тарқала баслады.
4-январь күни Қазақстанда полиция ҳәм газ баҳасының кескин көтерилгенине қарсы шығып атырған пуқаралар арасында соқлығысыўлар жүз берген. Алматыдағы Республика майданында топланған митингшилерге қарсы күш ислетер система хызметкерлери жақтылық ҳәм шаўқым шығарыўшы гранаталар қолланған, адамлар болса полиция машиналарына ҳүжим етип, оларды өртеп жиберген. «Спутник»тиң хабар бериўинше, қала ҳәкимияты имараты қоршап алынған. Агентлик ўәкилиниң сөзлерине қарағанда, майданға мыңға шамалас адамлар топланған. Президент Қасым-Жомарт Тоқаев Алматы қаласы ҳәм Маңғыстаў областында 19-январьға шекем айрықша жағдай тәртибин енгизди.
Буннан алдын Тоқаевтиң тапсырмасына муўапық, Маңғыстаў областындағы жағдайды көрип шығыў ушын ҳүкиметлик комиссия дүзилген еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.