Бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған терең реформалар билимлендириў системасында да әмелге асырылып, халық хожалығының  барлық тараўларын заманагөй пикирлейтуғын жетик қәниге кадрлар менен тәмийинлеўде өз нәтийжесин бермекте. Жаңа Өзбекстанда маман қәнигелер таярлаў жоқары билимлендириў системасы алдындағы әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады. Усы көзқарастан Президентимиздиң 2021-жыл 24-декабрь күни ПҚ 61-санлы «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине финанслық еркинлик бериў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бул қарар жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм жаңалап барыў, профессор-оқытыўшылардың илимий изертлеў жумысын жетилистириўде зәрүр қаржыларды тартыў имканиятын кеңейтиў, жоқары билимлендириў мәкемелери арасында саламат бәсеки орталығын раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды.

Усы қарарда 2022-жыл 1-январьдан баслап 35 жетекши мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине финанслық еркинлик берилиўи белгиленген. Бул қарар тийкарында финанслық еркинлик берилип атырған Жоқары оқыў орынларына бир қанша ўәкилликлер шеңберинде жоқары билимлендириў мәкемелери:

– төлемли-констракт тийкарында оқытыў баҳасын белгилеў;

– студентлердиң төлемли-контракт қаржыларын төлеў мүддетлерин белгилеў ҳәм созыў;

– өз қаржылары есабынан студентлер ушын стипендия ҳәм грантлар ажыратыў;

– сырт ел оқыў ҳәм илимий әдебиятлар, сабақлықлар, оқыў қолланбаларын тиккелей сатып алыў;

– 2022-жыл 1-январьдан баслап финанслық еркинлик берилген мәмлекетлик Жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәўендерлик кеңеслериниң сапластырылыўы ҳәм олардың орнында қурамының кеминде 70 проценти тийисли министрликлер, уйымлар, кадрлар буйыртпашылары, жәмийетлик ўәкиллер ҳәм қәўендерлерден ибарат болған юридикалық тәреп статусысыз Жоқары оқыў орынларының Бақлаў кеңеслериниң шөлкемлестирилиўи тарийхый ўақыя болды.

Финанслық еркинлик берилген жоқары билимлендириў мәкемелериниң берилген ўәкилликлеринен пайдаланып студентлерди төлемли-контракт тийкарында оқытыў баҳасын, төлемли-контракт қаржыларын төлеў мүддетлерин белгилеў ҳәм созыўды еркин белгилеўи, өз қаржылары есабынан студентлер ушын стипендия ҳәм грантлар ажыратыўы, өз қәбилети және билимин көрсетиўи ушын билим алыў тилегин билдирген ҳәр бир жас ушын берилип атырған үлкен имканият есиклерин ашып береди. Бул болса студентлер ҳәм олардың ата-аналары ушын қолайлы имканиятлар менен шараятлар жарататуғыны сөзсиз болып есапланады.

Студентлерди төлемли-контракт тийкарында оқытыў баҳасы жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен ҳәр бир аймақтың өзине тәнлигинен келип шығып билимлендириў хызметлери базарындағы талап ҳәм усыныслар тийкарында қәлиплестирилиўи билим алыўшылар ушын имканият есапланады.

Сондай-ақ, дүнья жүзиниң раўажланған мәмлекетлериниң жетекши билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда олар менен тиккелей шәртнамалар тийкарында профессор-оқытыўшыларды билимлендириў процесине тартыў ҳәм тәжирийбелерди үйрениў, жетекши сырт елли профессор-оқытыўшылар тәрепинен басып шығарылған оқыў ҳәм илимий әдебиятларды тиккелей сатып алыў имканиятының берилиўи Мәлимлеме-ресурс орайы қорының китаплар менен толықтырылыўы ҳәм байытыўында, студентлердиң билим, көнликпе ҳәм маманлықларының және де артыўында әҳмийетли фактор болатуғыны тәбийғый ҳал.

Сондай-ақ, илим ҳәм инновацияларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан келип шыққан ҳалда жоқары билимлендириў мәкемелериниң инновациялық ҳәм басқа да қорлардың қаржыларын мақсетли жумсаўы ушын шараят жаратады.

Усы қарардың қабыл етилиўи нәтийжесинде жоқары билимлендириў мәкемелериниң пуқараларға билимлендириў хызметлерин көрсетиўдиң қамтып алыныўы ҳәм сапасы, билимлендириў процесин алдынғы жоқары билимлендириў стандартларына муўапықластырыў бағдарында әмелге асырылатуғын жумыслар, соның менен бирге, бәсекиге шыдамлы қәнигелер таярлаў дәрежеси және де жоқары басқышларға көтериледи.

Жоқары билимлендириў мәкемелерине финанслық еркинлик берилиўи мәмлекетимизде билимлендириў системасында болып атырған реформалардың үзликсиз даўамы болып, бул қарардың әмелге асыўы нәтийжесинде заманагөй көзқарасқа, терең ҳәм креатив пикирлейтуғын, жоқары маманлыққа ийе қәнигелер қәлиплеседи. Мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўында илимниң орны, әҳмийети және де артады ҳәм халықаралық майданда мәмлекетимиз абырайының артыўына  түртки болады.

 

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт

мәселелери бойынша комитетиниң ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги