Ҳәр қандай мәмлекеттиң келешеги ҳәм раўажалыныўы билимлендириў тараўы менен байланыслы. Себеби, заманагөй турмысты илим-мәрипат ҳәм билимлендириўдиң раўажланыўысыз көз алдымызға келтирип болмайды. Соның ушын да бүгинги күнде мәмлекетимизде заманагөй билим ҳәм жоқары мәнаўий пазыйлетлерге ийе, еркин пикирлейтуғын жоқары тәжирийбели кадрлар таярлаў, алдынғы технологияларға тийкарланған билимлендириў тараўын раўажландырыў – ең уллы мақсетлеримизден бири етип белгиленген. Әне, усы жоқары мақсетлеримизди әмелге асырыў жолында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бир қатар Қарар ҳәм Пәрманлар қабыл етилди. Соның ишинде, 2019-жыл 8-октябрьдеги ПП-5847-санлы «Өзбекстан Республикасында 2030-жылға шекем жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў концепциясы», 2017-жыл 20-апрельдеги ПҚ-2909-санлы «Жоқары билимлендириў системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында», 2018-жыл 5-июньдеги ПҚ-3775-санлы «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм олардың мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарлары ҳәм усы жумысқа тийисли басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди көрсетип өтиўимиз мүмкин.
2021-жылы 24-декабрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң билимлендириў тараўына байланыслы және бир әҳмийетли «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң академиялық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў еркинлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-60-санлы Қарары қабыл етилди. Бул қарарда жоқары билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, аймақларда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын шөлкемлестириў тийкарында жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 50 проценттен арттырыў, тараўда саламат бәсеки орталығын жаратыў, республикадағы кеминде 10 жоқары билимлендириў мәкемелерин халықаралық тән алынған шөлкемлер (Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Нigher Education ёки Academic Ranking of World Universities) рейтингиниң биринши 1 000 орындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң дизимине киргизиў, жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў процесин бсқышпа-басқыш кредит-модуль системасына өткериў, халықаралық тәжирийбелерден келип шығып, жоқары билимлендириўдиң алдынғы стандартларын енгизиў, жоқары билимлендириў мазмунын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң академиялық еркинлигин тәмийинлеў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Соның ишинде, жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий базасын беккемлеў бойынша жоқары билимлендириў орайының профессор-оқытыўшылары, илимий излениўшилери, докторантлары, бакалавриат ҳәм магистратура студентлериниң жоқары импакт-факторға ийе абырайлы халықаралық илимий журналларда мақалалар басып шығарыў, сондай-ақ, республикалық илимий журналларының халықаралық илимий-техникалық мағлыўматлар базасына басқышпа-басқыш киргизилиўин тәмийинлеў ўазыйпасы да айрықша тән алынған.
Өзбекстан жоқары билимлендириў системасын Орайлық Азияда халықаралық билимлендириў бағдарламаларын әмелге асыратуғын «хаб»қа айландырыў, сырт ел билимлендириўи ҳәм илим технологияларын тартыў, билимлендириўдиң өндирис кәрханалары ҳәм илимий-изертлеў институтлары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўин жолға қойыў, имканияты шекленген шахслардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў, олар ушын инфраструктураға байланыслы шараятларды жақсылаў да әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланатуғынын атап өтиў зәрүр.
Бул қарарда Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңеси және Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелери ректорлары кеңеси негизинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем түриндеги Республикалық жоқары билимлендириў кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныс қабыл етип, бул Кеңестиң тийкарғы ўазыйпаларын белгилеп берилген.
Жоқары билимлендириўдиң нәтийжелилиги профессор-оқытыўшылар ушын жаратылған шараятлар, олар тәрепинен билим бериўде қолланылып атырған тәлим-тәрбия усылларының тәсиршеңлилигине тиккелей байланыслы. Соның ушын да билим бериўде жоқары сапаны тәмийинлеў бойынша тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды орнатыў, ашық-айдынлық, қалыслық ҳәм объективликти тәмийинлеў, коррупцияға шараят жаратыўшы факторларды сапластырыў әҳмийетли есапланады. Усы қарардың және бир әҳмийетли тәрепи сонда, жоқары билимлендириў системасында кадрлар таярлаў, қайта таярлаў, маманлығын арттырыў ҳәм педагоглардың илимий-иноовациялық жумысын раўажландырыў бойынша жумысларды мазмунлы ҳәм мақсетли шөлкемлестириў бойынша пикир-усыныслар ислеп шығыў зәрүр екенлиги, халықаралық қатнасықлардың нәтийжелилигин таллаў, биргеликтеги бағдарламалардың сапасын баҳалаў, бирге ислесиўдиң жаңа формаларын раўажландырыў, сырт елли профессор-оқытыўшылар ҳәм сырт елдеги ўатанласларды жоқары билимлендириў системасына тартыў бойынша ўазыйпаларды алға қояды. Биз, бул қарарадың «Өзбекстан Республикасында 2030-жылға шекем жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў концепциясы»ның әҳмийетли бөлимлеринен бири екенлигин және бир мәрте атап өткен ҳалда, оның билимлендириў хызметлери субъектлери болған жоқары оқыў орынлары тәрепинен таярланатуғын жоқары тәжирийбели қәнигелерди таярлаўдағы шексиз орнын белгилеп өтпекшимиз. Себеби, базар қатнасықлары шараятында еркин бәсекиге тийкарланған социаллық-экономикалық раўажланыў әйне билимлендириў тараўында инновациялық жаңалықларды киргизиўге тийкарланғанда ғана мәмлекетимиздиң жәҳән базарындағы бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўимиз мүмкин. Бул болса билимлендириў системасын раўажландырыўдың жаңа басқышларын әмелге енгизиў арқалы белгиленеди.
Мухтар Ибрагимов,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт
мәселелери комитетиниң ағзасы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги