Пайтахтымызда болып өткен регионаллық форумда Өзбекстанның Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызлары Қарым-қатнасына басшылығының жуўмақлары додаланды.
Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының Қарым-қатнасына басшылық еткен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Танзила Норбоева быйылғы жыл даўамында Қарым-қатнас еллеримиз ҳәм халықларымызды бир-бирине жақынластырыўда әҳмийетли фактор болып хызмет еткенин атап өтти.
Бул структура Орайлық Азияда гендер теңлиги ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық қатнасларды ислеп шығыўда өзине тән катализатор болып хызмет етиўи мүмкин екенлигин көрсетти.
– Ҳаял-қызлар жетекшилиги ҳәм исбиелрменлик мәселелери итибар орайында болды,-дейди Т.Норбоева. – Өткерилген илажлар Қарым-қатнастың тек ғана әҳмийетли мәселелерди додалаў орталығы емес, ал еллеримиз ҳәр қыйлы мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, бизнес структуралар арасындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын әмелий орталыққа айланды.
Буннан тысқары, ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў ушын шараятлар жаратыў әҳмийетли бағдарға айланды. Қарым-қатнас ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў жолындағы тосқынлықларды анықлаў мақсетинде Орайлық Азия мәмлекетлериндеги әмелдеги нормативлик-ҳуқықый базаны таллаў басламасы менен шықты.
Өзбекстанда да бул бойынша әҳмийетли жумыслар әмелге асырылды. Жақын күнлерде ҳаял-қызлар бизнесин раўажландырыў, ҳаял-қызлардың исбилерменлик белсендилигин арттырыў ушын шараятларды және де жақсылаў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға усыныслар киргизиледи.
Қарым-қатнаста басшылық мүддети бир жыл болғаны себепли форумда 2022-жылы басшылықты басқа мәмлекетке өткериў мәселеси де көрип шығылды. Келеси жылы Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызлар Сөйлесиўине Түркменстан басшылық етеди.
– Пурсаттан пайдаланып, Қарым-қатнастың барлық ағзаларына ҳәм БМШтың Раўажланыў Бағдарламасы, БМШ Ҳаял-қызлар шөлкеми ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Орайлық Азия ушын Превентив дипломатия бойынша Регионаллық Орайына Қарым-қатнастың 2021-жылға мөлшерленген ҳәрекетлер режеси ҳәм басламаларын әмелге асырыўда көрсеткен жәрдемлери ушын өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен, деп айрықша атап өтти Танзила Норбоева.
Өзбекстан Орайлық Азияда гендер теңлик ҳәм турақлы раўажланыў тараўында регионаллық бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў бойынша ҳәрекетлерин буннан былай да даўам еттиреди.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы