TikTok социаллық тармағы 2021-жылы ең көп кирилген ресурсқа айланды. Ол 2020-жылдың жетекшиси – Google сайтынан озып кетти. Бул ҳаққында Cloudflare компаниясының мағлыўматларына сүйенип The Wall Street Journal баспасы жазбақта.
TikTok усы жылдың февраль айында –ақ биринши орынға шығып алды ҳәм августқа шекем қысқа видеоларды жаратыў ҳәм тамаша етиў платформасы ҳеш кимге жетекшиликти берип қоймады. Соның менен бирге, 2020-жылы бул тармақ жетинши орынды ийелеген еди.
Google жетекшиликти берип, екинши орынға түсип қалды. Үшинши орынды Facebook социаллық тармағы ийеледи.
TikTok қосымшасы 2018-жылы шығарылған ҳәм Қытайдың ByteDance компаниясына тийисли. Қосымша қысқа видеоларды жазып алыў имканиятын береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги