«Beeline» мобиль байланыс операторы ҳәм «Династия» қорының тийкарын салыўшысы Дмитрий Зимин өмирден көз жумды.

Бул ҳаққынла оның улы Борис Зимин «Facebook»тағы бетинде мәлим етти. Борис Зимин 88 жасында қайтыс болған.

Бурын, Зимин «Forbes» журналының Россиядағы ең бай исбилерменлер рейтингине киргизилген еди. Атап айтқанда, 2005-жылы оның байлығы 520 миллион долларға баҳаланған.

Борис Зиминниң сөзлери бойынша, исбилермен Швейцарияда қайтыс болған.

«Мениң әкем өмирди оғада жақсы көретуғын еди ҳәм көп өмир сүрди. Ҳәммеси ушын оған рахмет. Ол тыныш ғана, бизлерди ҳәм өмирди бираз қайғы менен тәрк етти. Кейинги айларда әкем аўыр кесел еди», деп жазған Борис Зимин.

Дмитрий Зимин 1992-жылы Константин Кузов пенен биргеликте ҳәзирги ўақытта «Beeline» саўда белгиси астында жумыс алып барыўшы «Вымпелком-Коммуникации» компаниясына тийкар салған.

Исбилермен ири қәўендер еди. Ол фундаментал илимди қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Династия» фондына тийкар салған ҳәм оған басшылық еткен.

2016-жылы Дмитрий Зимин улы Борис пенен биргеликте илим ҳәм билимлендириўди қоллап-қуўатлаўшы «Zimin Foundation» халықаралық коммерциялық емес шөлкемге тийкар салған. Зимин «Ағартыўшы» сыйлығының биргеликтеги шөлкемлестириўшиси де болып есапланатуғын еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги